Ишки ислер министрлигине аталыққа бириктирилген Нөкис қаласында жайласқан 7-санлы улыўма билим бериў мектебинде илаж шөлкемлестирилди
Өзбекстан Республикасы Президенти
Администрациясының 2024-жыл 21-майдағы тапсырмасында, улыўма орта билим бериў
мектеплерин аталыққа алыў арқалы оқыўшылардың ҳуқықый ой-санасын, мәдениятын
асырыў, нызамға бойсыныў, Ўатанды сүйиў руўхында тәрбиялаўда Өзбекстан
Республикасы ИИМ ниң 2024-жыл 25-июньдағы ИИМ аймақлық бөлимлерине улыўма билим
бериў мектеплерин бириктириў, ҳаққындағы 345-санлы буйрық талапларына
тийкарланып, Қарақалпақстан Республикасы ИИМ менен Мектепге шекемги ҳәм мектеп билимлендириў
министирлигиниӊ қоспа қарары ислеп шығылған. Нөкис қаласында жайласқан 7-санлы
мектеп ИИМ аталыққа алынған еди. Бүгин Өзбекстан Республикасы ИИМ
академиясы ҳәкимшилик ҳуқықый кафедрасы доценти А.Тоштемиров, Қарақалпақстан Республикасы
ИИМ руҳыйлық ағартыўшылық ислери ҳәм кадрлар менен тәмийнлеў хызмети баслығы
жәрдемшиси А.Бекмуратов, ИИВ Академияси курсантлары биргеликте, 7-санлы мектеп
оқыўшылары қатнасында илаж шөлкемлестирди. Илажда волейбол, шахмат,стол теннис ҳәмде
фудбол ойынлары өткерилип, жеңимпаз командаларға саўғалар тапсырылды