17 Август 2022 йил 9444

ДАҒАЗА ! ! !

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер органларының Жол-патруль хызмети ҳәм Патруль-пост хызметинде бос болған қатардағылар қурамындағы лаўазымларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-ноябрь күнги ПҚ-3413-санлы Қарары талапларына муўапық, ишки ислер органларында хызмет өтеўди қәлеўши
ер балалар ушын таңлаў жәрияланады. 

     Танлаўда қатнасыўды қәлеўши талабанлар:

     Усы жылдың 17-сентябрь күнинен 21-сентябрь кунине шекем ҳәр күни
саат 09:00 ден 18:00 ге шекем министрликтиң Руўхый-ағартыўшылық ислер ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў хызметине төмендеги хүжжетлер менен келиўи мүмкин;

  1. Жол-патруль хызмети жөнелиси бойынша:

   Жоқары мағлыўматлы: Автомобиль жоллары ҳәм аэродромлар қәнигелиги бойынша жоқары оқыў орынларын тамамлаған яки усы оқыў орнын сыртқы бөлиминде оқып атырган,

✔ - Жасы 30 дан үлкен болмаған, соның менен бирге 30 жастағылар;

✔ -бойы 175 (бир жүз жетпис бес) сантиметрден төмен болмаған;

     "В, С" категориясына ийе болған айдаўшылық гуўалық;

     Мүддетли әскерий хызметти яки мобилизациялық шақырыў резерви тийкарында әскерий хызметти өтеген.

  1. Патруль-пост хызмети жөнелиси бойынша:

     Жоқары мағлыўматты тастыйықлаўшы хүжжет (диплом) ямаса жоқары оқыў орынларының сыртқы бөлиминде оқып атырғанлығы ҳаққында мағлыўматнама.

 ✔ - Жасы 30 дан үлкен болмаған, соның менен бирге 30 жастағылар;

 ✔ - Бойы 170 (бир жүз жетпис) сантиметрден төмен болмаған;

      Мүддетли әскерий хызметти яки мобилизациялық шақырыў резерви тийкарында әскерий хызметти өтеген.

      Өзбекстан Республикасы ИИМ Қарақалпақ академиялық лицейи ҳәмде Нөкис «Темирбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейин тамамлағанлар.

✔- ИИМ академиялық лицейлери, әскерий-академиялық лицейлери питириўшилери;

✔- Мүддетли әскерий хызметти яки мобилизациялық шақырыў резерви тийкарында әскерий хызметти өтеген.

Белгиленген мүддеттен (17-21-сентябрь күнлери аралығында дем алыс күнинен тысқары) алдын ҳәм кейин мүрәжет еткен талабанлар дизимге алынбайды.

      Мәнзил: Нөкис қаласы, А.Темур көшеси, 112-жай.

Қосымша мағлыўмат ушын телефон номери: (61) 224-82-37;

 Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.

 

 

 

Text to speech