Көшпели ашық суд мәжилиси ҳәм қабыллаў өткерилди
2024-жыл
05-сентябрь күни Қанлыкөл районы Жаслар орайы мәжилислер залында Жынаят ислери
бойынша Қанлыкөл районы суды тәрепинен көшпели ашық суд өткерилип, онда суд
баслығы М.А.Бекимбетов басшылығында, судья жәрдемшиси Т.Нурлепесовтың
хаткерилигинде, Қанлыкөл районы прокурорының жәрдемшиси М.Умаровтың қатнасында,
2 шахсқа қарата 2 жынаят иси көрип шығылып, яғный ЖКниң 266-статясы 1-бөлими
менен гүман қылынған А.Бның қарсысындағы жынаят иси тәреплердиң өз-ара
жарасқанлығы мүнәсибети менен өндиристен қысқартылды ҳәмде ЖКниң 122-статясы
1-бөлими менен айыпланған Ш.Б исмли шахстың қарсысындығы бир жынаят иси бойынша
6 ай мүддетке еркинен айырыў жазасы
тайынланды. Соның
менен бирге көшпели суд даўамында 33 шахсқа қарата 31 ҳәкимшилик ис материаллары көрип шығылып,
ҳәкимшилик ислери бойынша 16 шахсқа қарата ҳәкимшилик қамақ жазасы, 17 шахсқа қарата жәрийма ҳәм ескертиў жәрияланды. Сондай-ақ, көшпели суд мәжилиси даўамында пробация есабында жаза өтеп
атырған 1 шахқа қарата топланған 1 ис материалы көрип шығылып 1 шахс мүддетинен алдын жазадан шәртли түрде азат етилди.
Буннан
тысқары, көшпели суд мәжилисинен соң суд баслығы М.Бекимбетов көшпели қабыллаў
өткерип, қабыл даўамында 4 шахстың мүрәжаатлары тыңланып оларға ҳуқықый
түсиниклер берилди.