Пуқаралар мүрәжетлери
Ҳүрметли пайдаланыўшы!
Сизден, дыққат пенен Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң мүрәжетлерди қабыллаў ҳәм көрип шығыў тәртиби менен танысып шығыўыныз соралады. Мүрәжетлер аўызеки, жазба, жеке усынылыўы, почта арқалы жиберилиўи, “Исеним телефоны” арқалы, Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.М. Мирзиёевтың виртуал қабыллаўханасы арқалы мүрәжет етиў мүмкин. Өзбекистан Республикасының «Физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжетлери ҳаққында»ғы Нызамына муўапық Өзбекистан Республикасы ҳәмде шет ел мамлекетлериниң физикалық ҳәм юридикалық шахслары, сондай ақ, пуқаралығы болмаған шахслар, Ишки ислер министрлигне арза, шикаят ҳәм усыныс пенен мүрәжет етиў ҳуқықына ийе. Физикалық шахслардың мүрәжетлеринде физикалық шахстың фамилиясы, аты, әкесиның аты, жасаў мәнзили ҳам мүрәжеттиң мақсети көрсетилиўи лазым Юридикалық шахслардың мүрәжетлеринде юридикалық шахстың толық аталыўы, жайласыў мағлыўматманасы, почта мәнзили мүрәжеттиң мақсети көрсетилиўи лазым.
Жазба түрде мүрәжет етиўши физикалық шахс болғанда оның қолы, юридикалық шахс болғанда басшының ямаса ўакилликли шахстың қолы менен тастыйықланған болыўы лазым. Егер мүрәжет етип атырған физикалық шахстың жазба мүрәжетин қол қойылғанлығын бириктириў имканияты болмаған жағдайда, мүрәжет мүрәжетти дүзген шахстың қолы ҳәм қосымша түрде фамилиясы аты, әкесиниң аты бириктирилиўи лазым.
Көрип шығылмайтуғын мүрәжетлер: жасырын мүрәжетлер; ўакилликлери тастыйықланбаған тийисли ҳүжжетлери болмаған физикалық ҳәм юридикалық арқалы усынылған мүрәжетлер; нызамшылық пенен белгиленген талапларға жуўап бермейтуғын мүрәжетлер.
Егер сиз, бизлердиң жуўаптан қанаатланбасаңыз, Ишки ислер министрлигинде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжетлерин қабыллаў ҳәр күни саат 10:00 ден 12:00 ге шекем пуқаларды қабыллаў имаратында мына мәнзилде әмелге асырылады: Ташкент қаласы Ю.Раджабий көшеси 1 жай. «Космонавтлар» метро бәндиргиси. Сондай ақ, "1102" исеним телефоны арқалы қабылланады.
Ишки ислер министри Бобожонов Пўлат Раззақович қабылына жазылыў ушын Ишки ислер министрлигине арза менен мүрәжет етиў керек, арза көрип, үйренилип болынғаннан соң қосымша мағлыўмат сыпатында қабыллаў күни ҳәм ўақты ҳаққында мағлыўмат бериледи.
Өзбекистан Республикасы Ишки ислер министри орынбасарлары қабыллаўға қатнаса алмаған жағдайда жўўапкер басқарма баслықлары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжетлерин қабыллаў амелге асырылады.