ИИМ тарийхы
КИРИСИЎ
Тарийхый дереклер әййемги ўатанымыз аймағында пайда болған мәмлекетлерде әскерий жаўынгерлерден тысқары "сақшы," "қараўыл," "шоқар," "шихна," "ясаўыл," "көкалдаш," "муҳтасиб," "пасбанбасы," "сарбаз," "миршаббасы" ҳәм "миршаб"лар ҳүкимдар қарарғаҳы, қорғанлар ҳәм басқа имаратларды қорғаў, аўыл ҳәм қалалардағы тынышлық ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў, халықтың қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў, айыпкерлерди анықлаў, табыў ҳәм жазалаў сыяқлы ўазыйпаларды орынлағанлығы, усындай дүзилислер тийкарында бүгинги ишки ислер органлары қәлиплескенлиги, бул болса, өз гезегинде, ишки ислер органлары өзбек мәмлекетшилиги тарийхы менен тығыз байланысқан тарийхый тамырларға ийе екенлигинен дәрек береди.
Тарийхқа нәзер тасласақ, ҳәр қыйлы дәўирлердеги сиясий жағдай талабына қарай, бул дүзилислердиң аты, ўазыйпалары ҳәм жумыс усыллары өзгерип барғанлығын көриўимиз мүмкин. Мысалы, XIX әсирдиң ақырында Россия империясы отарына айланған Түркстанда енгизилген полиция-миршаблық системасы тийкарынан отаршы империя мәплерине хызмет етти.
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм оның орынлардағы хызметлери ҳуқық қорғаў уйымлары системасына киреди. Ишки ислер уйымларының жумысын жетилистириў ҳәм тәртипке салыў бойынша мәмлекетимиздиң жоқары уйымларының көплеген нызамлары менен қарарлары қабыл етилген. Оларға, 1919-жылы 26-июньде Түркстан АССР Ишки ислер халық комиссариатының "Россия Совет Федерациясының Түркстан Республикасындағы Совет жумысшы-дийхан милициясы ҳаққындағы Реже," соль жылдың июль айында қабыл етилген "Түркстан АССРда жынайый излеўди шөлкемлестириў ҳаққындағы Реже," 1948-жылы қабыл етилген "Милиция постлары ҳәм патруль хызметиниң Режеси," 1953-жыл 20-июльдеги Өзбекстан ССР Министрлер Советиниң "Өзбекстан ССРда жынаячылыққа қарсы гүресиўди күшейтиў ҳәм жәмиетлик тәртипти сақлаў илажлары ҳаққында"ғы қарары, бурынғы СССР Жоқарғы Совети Президиумының 1962-жыл 26-сентябрьдеги ҳәр жылы 10-ноябрьди "Милиция күни" деп белгилеп, оны байрамлаў ҳаққындағы Пәрманы, ишки ислер уйымларында дәслепки тергеў.