Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң байрам қутлықлаўы.
Ҳүрметли Ўатанласлар!
Сизлерди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәне, еркин ҳәм абадан турмыс жолындағы барлық табысларымыздың тийкары болған мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 31 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайман!
Быйылғы Ғәрезсизлик байрамы Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарына муўапық пүткил елимиз бойлап «Жаңа Өзбекстанда ел әзиз, инсан әзиз!» деген терең мазмунлы сүрен астында өткерилиўи кеўиллерди толқынландырып, бәршени уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырмақта. Әйне миллий Ғәрезсизлик ел-журтымыз ушын жәҳән жәмийетшилигинен мүнәсип орын ийелеп, ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыў, сондай-ақ, турмыстың түрли тараўлары ҳәм тармақларында кең көлемли реформаларды әмелге асырыў ушын беккем тийкар жаратып, ерисип атырған барлық табыс ҳәм жетискенликлеримиздиң тийкарғы дәреги болмақта.
Елимизде бәринен бурын инсан ҳәм оның мәплерин гөзлеп алып барылып атырған избе-из реформалардың нәтийжеси ҳәр бир пуқараның бахытлы ҳәм абадан турмысы, өзине ҳәм журт келешегине болған беккем исениминде көринбекте.
Ерисилген табысларды беккемлеп, түпкиликли реформа процесслерин жаңа басқышқа көтериў, инсанныӊ ҳуқық ҳәм мәплери, оның қәдири ҳәм ар-намысын жетекши орынға алып шығыў үстин туратуғын ўазыйпамызға айналған ҳәзирги ўақытта журтымызда тынышлық ҳәм турақлылықты сақлаў, мәмлекетимиздиң аймақлық пүтинлиги ҳәм шегараларымыз қол қатылмаслығын тәмийинлеў, миллетлераралық татыўлық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўде Ишки ислер органлары хызметкерлери өз билим ҳәм тәжрийбесине сүйенген ҳалда халқымызға ҳадал хызмет етеди деп исендиремен.
Және бир мәрте пүткил халқымызды мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниӊ 31 жыллық байрамы менен өзимниӊ ҳәм Министрлик хызметкерлери атынан шын жүректен қутлықлайман.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри
Төребеков Бахтияр Исмандиярович