21 Сентябр 2024 йил 2088

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник Бахтияр Торебеков Шымбай районыныӊ узақ аўылларында жасаўшы пуқаралардыӊ машқалаларын унамлы шешиў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерди

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник Бахтияр Торебеков,  Шымбай районыныӊ узақ аўылларында жасаўшы пуқаралардыӊ мүрәжатларын унамлы шешиў ҳәмде оларды қыйнап киятырған машқалаларын үйрениў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерди. Көшпели қабыллаўға Шымбай районы ҳәкими Айбек Тәжетдинов, районлық 4 сектор басшылары, сондай-ақ тийисли тараў ўәкилери менен аймақ турғынлары қатнасты. Қабыллаў даўамында пуқаралар өзлериниӊ социаллық машқала ҳәм мәселелери менен мүрәжат етти. Тийкарынан ишки жолларды оңлаў, электр энергиясы, ишимлик суў ҳәм тәбийғый газ тармақларын жаңалаў сыяқлы бир қатар мүрәжатлар министр тәрепинен көрип шығылды. Билдирилген мүрәжатлар сол жердиӊ өзинде үйренилип, көпшилиги унамлы шешим тапты, айрым мүрәжат ийелерине ҳуқықый түсиниклер берилди. Сондай-ақ үйрениў жумысларына ўақыт талап етилетуғын мүрәжатлердиӊ шешими ушын мүддет белгиленип, орынланыўы қадағалаўға алынды. Әлбетте өткерилип атырған бундай илажлар халқымыздыӊ турмысындағы машқалаларын унамлы шешиў арқалы олардыӊ бүгинги күннен разы болып жасаўын тәмийинлеў ҳәм келешекке болған исенимин еле де беккемлеўге хызмет етеди.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети

Text to speech