Оқыў семинары болып өтти
Өзбекстан
Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Тергеў департаментиниң 2024-жыл
8-август кунги көрсетпеси талапларын орынлаў мақсетинде усы жылдың 16-август
күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасары полковник
Музаффар Рахматуллаевтың басшылығында прокуратура, суд органлары ҳәм Өзбекстан
Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы “Хадича Сулайманова” атындағы суд
экспертиза орайының Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте
видеоконференция усылында оқыў-семинары шөлкемлестирилди.
Оған
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ жанындағы Тергеў басқармасы ҳәм оның
орынлардағы бөлимшелеринде хызмет етип киятырған тергеўши ҳәм сорастырыўшылар,
сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы бөлим баслығы, жынаят
ислери бойынша Нөкис қаласы суды баслығы ҳәм Өзбекстан Республикасы Адиллик
министрлиги жанындағы “Х.Сулайманова” атындағы суд экспертиза орайының
Қарақалпақстан Республикасы бөлими аға экспертлери қатнасты. Оқыў-семинары
даўамында, ақлаў ҳүкими шығарылған жынаят ислери, судлар тәрепинен
Жынаят-процессуал кодексиниң 416-417-статьясына тәртибинде шығарылған
уйғарыўлар, прокуратура тәрепинен жынаят ислериниң қосымша тексериўге
қайтарылыўы, судлардың айырықша уйғарыўлары, прокуратура органларының
усыныслары ҳәм интизамий ис қозғатыў ҳаққындағы қарарлары додаланды. Буннан
тысқары, тергеўши ҳәм сорастырыўшылар тәрепинен тергеўге шекемги тексериў,
сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў даўамында жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер
қатаң сынға алынып, бундай жағдайларды келешекте тәкирарламаў ҳәм сапластырыў
бойынша зәрүр ис-иләжлар белгилеп алынды.
Сондай-ақ,
оқыў-семинары қатнасыўшылары өзилериниң қызықтырған сораўларына жуўап алып, өз
пикир ҳәм усынысларын билдирди.