1 Октябр 2022 йил 882

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник Бахтыяр Исмандиярович Төребековтың «1-октябрь – муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы.

Қәдирли муғаллимлер ҳәм устазлар!
Тараў пидайылары ҳәм ҳүрметли нуранийлары!
Өсип киятырған жас әўладтың руўхый дүньясы бай, жоқары интеллектуаллық потенциалға ийе болып кәмалға келиўинде аянбай мийнет етип атырған пидайы, кәсибине садық, жанкүйер, өз өмирин перзент тәрбиясы менен байланыслы ийгиликли ислерге бағышлаған Сизлерди «1-октябрь – муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги хызметкерлери атынан қызғын қутлықлаймыз. Ҳақыйқатында да, биз бүгин заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди, шет тиллерин пуқта ийелеп, келешекке үлкен үмит ҳәм исеним менен қәдем қойып атырған, ертеңги күнимиздиң шешиўши күши болған перзентлеримиздиң кәмалында устазларымыздың шексиз үлеси бар екенлигин айрықша атап өтемиз ҳәмде Сизлердиң бул уллы хызметиңизди жоқары баҳалаймыз.
Ҳүрметли муғаллимлер ҳәм устазлар!
Сизлерди елимизде кең түрде белгиленип атырған кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, перзент тәрбиясындай машақатлы, жуўапкерли, әдиўли ҳәм ийгиликли ислериңизде талмас күш-жигер, тасқын табыслар тилеймиз.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник Б.И.Төребеков

Text to speech