2 Ноябр 2022 йил 624

"Сенин дәртиң менен жасайман хаял" сурени менен хаял-кызлар форумының Республикалық 3-баскышы откерилди.

"Ҳаял-қызлар арасында алдаушылыкка карсы гуресиу" айлыгы шенберинде Канлыкол районында "Сенин дәртиң менен жасайман хаял" сурени менен хаял-кызлар форумының Республикалық 3-баскышы откерилди. Илажга район хэкими Абубакир Ибрагимов, Каракалпакстан Республикасы Ишки ислер министринин орынбасары Бахытжан Избасаров, районлык Ишки ислер бөлими баслыгы Фархад Урумбаев, сондай-ақ кала хэм районлардагы Ишки ислер бөлимлеринде хызмет етип атырган хаял-кызлар мэселелери бойынша ага инспекторлары, кен жэмийетшилик уэкиллери катнасты. Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Жәмийет қәуипсизлиги хызмети Ҳуқықбузарлықлар порфилактикасы басқармасы баслығы Рүстем Ешимбетов сөзге шығып, Республикамызда ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтың алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳам алда ислениўи тийис ўазыйпаларға тоқтап өтти. Форумның әйне Қанлыкөл районында шөлкемлестирилиўи тосыннан емес, себеби районда жыл даўамында ҳаял-қызлар арасында бирде бир алдаўшылық жынаяты ушыраспаған. Сонлықтан да илажда район хэм калалык Ишки ислер бөлимлеринде хызмет етип атырган хаял-кызлар мэселелери бойынша ага инспекторларынын жумыс нэтийжелилигин арттырыу максетинде Канлыкөл тэжирийбеси презинтациялар арқалы жыйналғанларға усынылды.
Елимизде нәзиклик тымсалы саналған ҳаял-қызлар шаңарақта ҳәм жәмийетте өзиниң унамлы ислери менен қәдирленеди. Оларға ҳәр түрли ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятларды ислеў жараспайды. Бирақ айырым ҳаял-қызлардың бундай жолға кирип кетиўине қандайда бир фактор себеп болыўы мүмкин. Илажды өткериўдеги мақсет мине усындай себеплерди өз ўақтында анықлап оның алдын алыў, яғный ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықларды болдырмаў ҳәм бул жолда хызмет етип атырған инспекторлардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў болып табылады. Жыйналғанларға ҳақыйқый байрам кепийятын инәм еткен форумда Министрликтиң Арал жулдызлары ансамбили хам районлық мәденият бөлими хызметкерлериниң концерт бағдарламасы усынылды. Илаж сонында белсенди мийннет етип, жаксы натийжелерге ерсип атырган хызметкерлер хошаметленип, барлык кала хэм районлардын Ишки ислер болимлеринде хызмет етип атырған ҳаял-қызлар мәселелери бойынша аға инспекторларына хызмет даўамында пайдаланыўы ушын компьютерлер тапсырылды.

Text to speech