Суд имәратына келген ҳәр бир инсан мәмлекетимизде әдиллик бар екенлигине исенип шығыўы керек !
«Ҳәрекетлер стратегиясынан – Раўажланыў стратегиясына қарай» принципине тийкар ислеп шығылған 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының тийкарғы жөнелислериниң биринде, мәмлекетимизде әдиллик ҳәм нызам үстинлиги принциплерин раўажланыўдың ең тийкарғы ҳәм зәрүр шәртине айландырыў ең әҳмийетли ўазыйпалар етип белгиленген.
Сыр емес, ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап-ақ мәмлекетимизде суд ҳәкимиятын, оныӊ ғәрезсизлигин беккемлеўге, судтың абыройын көтериўге, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаўда, нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәмде демократиялық реформаларды жәнеде тереңлестириўде судтың рөлин ҳәм әҳмийетин көтериўге қаратылған кең көлемли жумыслар алып барылды.
Өзбекстан Республикасының Конституциясында мәмлекет ҳәкимиятының үш тармағы принципиал тәризде бир-биринен айрықша ажыратылғанлығы ҳәм судлардың ғәрезсиз ҳәкимият сыпатында айтып өтилиўи шын мәнисиндеги суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин тәмийинлеўге шәраят жаратады.
Соңғы жылларда суд-ҳуқық тараўын демократластырыў ҳәм еркинлестириў, суд ҳәкимиятын пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў барысындағы рөли ҳәм әҳмийетин асырыў бойынша бир қатар реформалар әмелге асырылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-июль күнги «Судлар искерлигин жәнеде жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы мәмлекетимизде суд-ҳуқық реформаларының жаңа дәўирине ҳуқықый тийкар салды.
Президент Пәрманында нызам үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқық ҳәм мәплерин исенимли қорғаў, мәмлекет ҳәкимиятының әҳмийетли тармағы болған суд-ҳуқық системасын демократластырыў ҳәм еркинлестириў, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ҳуқықый мәмлекетти қәлиплестириў ҳәм модернизациялаў бойынша узақ мүддетли ҳәм изшил реформалар ең әҳмийетли жөнелислер сыпатында белгиленгени, оның әҳмийети қандай дәрежеде екенлигин де көрсетеди. Ең әҳмийетлиси, суд-ҳуқық системасын реформалаў, оның түп тийкарында болса, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў мәселелери мәмлекет басшысының барқулла итибарында десек қәтелеспеген боламыз.
Сондай-ақ келешекте судьялық лаўазымын ийелеў ушын белгили ис стажына ийе болыў, Судьялар жоқарғы мектебин оқып тамамлаў сыяқлы талаплар қойыў арқалы танлаў күшейттирилгенлиги ҳәм оның унамлы тәреплери итибарға алынып, халық аралық стандартларды кеңнен ен жайдырыў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Жоқарыдағылардан келип шығып айтыў мүмкин, мәмлекетимизде Әдил судлаўды тәмийинлеўге тек ғана суд ҳәкимиятыныӊ өзи алып баратуғын хызмети жетерли болмайды. Әсиресе, адамларымызды әдилликке болған исенимин беккемлеў, сондай-ақ, «Суд имәратына келген ҳәр бир инсан мәмлекетимизде әдиллик бар екенлигине исенип шығыўы керек» деген Президент талабын орынлаў – мәмлекетимиздиң пүткил бир суд-ҳуқық системасына бирдей байланыслы болады.
М.КОЖАМБЕРГЕНОВ
жынаят ислери бойынша
Нөкис қаласы судының архив меңгериўшиси