Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Ж.Темирхановтың, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң шөлкемлестирилгенлигине 26 жыл толыўы мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы
Бүгин 4-март, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлигиниң шөлкемлестирилген күн, Өзбекстан Республикаси Президентиниң 1996-жыл 4-март кунги Пәрманына муўапық, шөлкемлестирилген министрлик ҳәр жылы бул сәнени байрам етип белгилеп келмекте.
Өткен жыллар даўамында, Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёвтың басшылығында тараўды заманагой техникалар менен тәмийинлеў ҳәмде хызметкерлерге қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында бир қатар унамлы жумыслар алып барылды.
Айрықша жағдайлар министрлиги хызметкерлери елимиз пуқараларын тәбиий ҳәм техноген айрықша жағдайлардан қорғаў, халқымыздың айрықша жағдайларда туўры ҳәрекетлениў бағдарындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў бағдарында пыдәкерлик пенен хызмет етпекте.
Қарақалпақстан Республикаси Ишки ислер министрлиги жеке курамы ҳәмде өзимниң атымнан менен тараў хызметкерлери ҳәм ветеранларын бүгинги байрам менен қутлықлаймыз. Шаңарақларыңызға аманшылық, өзлериңизге зор ден-саўлық машаққатлы ҳәм мақтанышлы жумысларында тасқын табыслар тилеймен.
А.Ж.Темирханов
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник