31 Декабр 2021 jıl 559

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Ж.Темирхановтың Жаңа жыл байрамы мүнәсибети байрам қутлықлаўы.

Әзиз Ўатанласлар!
Сизлерди инсанлар қәлбине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үмит ҳәм исеним бағышлап, бәршени және де үлкен дөретиўшилик ислерге руўхландырып атырған қутлы әййям — Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлайман.
Елимизде,  Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда  алып барылып атырған реформалар, анық мақсет ҳәм ўазыйпаларды өзинде жәмлеген пәрман ҳәм қарарлар, бағдарламалар турмысымызда әҳмийетли орын тутпақта.
Елимизде басланып атырған Жаңа жылда да  халқымыздың, инсанларды қыйнап атырған мәселе ҳәм машқалаларды шешиў, сондай ақ,  ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәмде жынаятшылыққа қарсы гүресиў ишки ислер органлары хызметкерлериниң тийкарғы  ўазыйпаларынан болып қала береди.
Ҳүрметли Ўатанласлар сизлерди жеке өзимниң ҳәм Қарақалпақстан Республикаси ишки ислер органлары хызметкерлери атынан  және бир мәрте Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, жумысларыңызда табыслар тилеймен.
Жаңа жыл ҳәр бир шаңараққа аманлық, берекет, қуўаныш ҳәм шадлық алып келсин. Елимиз тыныш, халқымыз ҳәмийше аман болсын.
Жаңа жылыңыз бәршеңизге қутлы мүбәрек болсын.

 

А.Ж.Темирханов
Қарақалпақстан Республикасы
Ишки ислер министри полковник

 

 

Text to speech