1 Сентябр 2021 jıl 636

ҒӘРЕЗСИЗЛИК – ЕҢ УЛЛЫ ҲӘМ БИЙБАҲА БАЙЛЫҚ

Ғәрезсизлик – турмысымыздың мазмун-мәнисин пүткиллей өзгерткен уллы ўақыя болып, ол қәдириятымызды, дин ҳәм диянатымызды, ар-намысымызды қайта тиклегени, жарқын келешегимизди қурыў жолын ашып бергени менен тарийхымызда мәңги сақланып қалады. Өз ғәрезсизлигине ерискен өткен 30 жыллығына нәзер аўдарар екенбиз, тарийхый қысқа дәўирде, журтымыздың келбети күн сайын көркейип, абат болып, халқымыздың турмыс дәрежеси артып, мәмлекетимиз дүньяның раўажланған еллери қатарына кирип атырғаны сөзимиздиң айқын дәлийли бола алады. Солай екен, Ғәрезсизлик – халқымызға берилген ең уллы ҳәм бийбаҳа байлық, оны көздиң қарашығындай асырап-сақлаў ҳәр биримиздиң миннетли ўазыйпамыз есапланады.Республикамыздың барлық орынларында бүгин көтериңки руўхта қызғын өткерилип атырған, «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» деген баслы идеяны өзинде жәмлеген байрам салтанатлары халқымыздың кеўил сарайына өзгеше қуўаныш, арзыў-үмитлер алып келип, бәршени аўызбиришиликке, татыўлыққа ҳәм дослыққа шақырады. 
Республикамыздың қайсы мүйешине жол алсақ та, ҳақыйқый жаңаланыў, жаратыўшылық ислериниң гүўасы боламыз. Мәмлекетимиздиң татыў, көп миллетли халқы биргеликте Жаңа Өзбекстан қурыў жолында аўызбиршиликли түрде аянбай мийнет етпекте. Соңғы жыллар ишинде елимиздиң қала ҳәм районларының орайлары менен, ҳәтте, ең алыс аўыл-аймақларына шекем жаңаша көркем көриниске енди. Ал, уллы байрам қарсаңында жәмәәтимиз жетискенликлери ҳаққында айтатуғын болсақ, ең әўели, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жәмийетимизде жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў системасын раўажландырыў басқышпа-басқыш жүргизилип, пүткил халқымыз, әсиресе, ҳаял-қызлар менен жаслардың ҳуқықларын, аналықты ҳәм балалықты  қорғаў, соның менен қатар, ҳалқымыздың ең белсенди қатламына айланып атырған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, оларды ойландырып жүрген мәселелердиң шешимин табыўға баслы дыққат-итибар қаратылып, бул бағдарда айтарлықтай нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта.
Халқымыздың жәрдемге мүтәж қатламы мәселелерин терең үйрениў, бул арқалы оларға әмелий жәрдемлер көрсетип барыў бағдарында алып барылған қатар ийгиликли ислер нәтийжесинде халқымыздың ҳәр тәреплеме абадан турмысы тәмийинленип, оларды жыллар даўамында ойландырып жүрген машқалалардың шешими табылып, турмыс шәраятлары жақсыланып барылмақта. Бүгинги күнде ишки ислер органларында алып барылып атырған реформаларды ҳәр бир хызметкеримиз өз тымсалында айқын көре алады. Олардың турмыс шәраятларын жақсылаў бағдарында әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде хызметкерлер үй-жай, ал хызмет нәтийжелилигин асырыўда ең заманагөй техникалар менен тәмийинлениўи ҳәм бул арқалы журтымызда бир қанша жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алды алыныўға, жүз бергенлери болса, өз ўақтында тез ашылыўына ерисилмекте. Буған - хызметкерлеримиз халқымыздың арасына тығыз кирип барыўы, олардың дәрт-тәшиўишлерин өзинде сезинип, терең үйрениўлери арқасында жетисип атыр десек қәтелеспеймиз. Күни кеше ғана, яғный 26-август күни Мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз жыллығы мүнәсибети менен әскерий ҳәм ҳуқық қорғаў органлары хызметкерлерин сыйлықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманына муўапық, бизиң министрлигимиздиң де бир топар хызметкерлери орден ҳәм медаллар менен сыйлықланыўы жәмәәтимиздиң абройын және де жоқары көтерди, байрам қарсаңында кеўиллеримизди  өзгеше қуўанышқа бөледи.
Биз, нәўқыран жас – отыз жыллық бийғәрез раўажланыўымыз даўамында қандай үлкен табысларға ерискен болсақ, оның негизинде, бәринен бурын елимизде тынышлықты ҳәм турақлылықты сақлап киятырған – Мәмлекетимиз ҳәм ҳүкиметимиз басшыларының усындай күш салыўлары, әзийз жерлеслеримиздиң пидәкерлик мийнетлери, ақыл-парасаты, беккем ерк-ықрары жәмлескен. Ўатанымыз Ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамы менен бәрше хызметкерлеримизди, қәдирдан ветеранларымызды ҳәм гүллән халқымызды қызғын қутлықлай отырып, өзлериңизге беккем ден саўлық, бахыт-ығбал,  шаңарағыңызға қут-берекет тилеймен.
Елимиз тыныш, аспанымыз ашық, халқымыз аман, Ғәрезсизлигимиз мәңги болсын!

А. ТЕМИРХАНОВ, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник.

Text to speech