11 Август 2020 jıl 598

Қарақалпақстан Республикасы 3 сектор баслығы Тахтакөпир районы фермерлери машқалаларын үйренди.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов Тахтакөпир районы Даўқара аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Қалбай-Даўқара» фермер хожалығы жумыслары менен жықыннан танысып, фермердиң пахта атызларына суўдың толық жетип келмегенлигин, пахта атызларының 4 гектары суўғарылмағанлығы себебин үйренди ҳәм фермердиң бул машқаласы унамлы шешилип, Қалбай-Даўқара фермер хожалығына районлық Ирригация бөлиминен насос берилип, суўгарыў жолға қойылды.
Сондай ақ, Белтаў аўыл пуқаралар жыйынында жәмийетлик жумыста ислеп атырған усы аймақтың турғынлары менен сәўбетлесип, олардың жағдайлары менен танысты ҳәм усы аймақтағы шарўа комплекси барып, от-жем базасынын резервиниң жаратылыўы бойынша исленип атырған жумыслар менен танысып, сектор баслықларына тийисли тапсырмалар берилди. 
Соның менен бирге аймақтағы социаллық жәрдемге мүтәж болған шаңарақларға барып олардың жағдайларынан хабар алып, азық-аўқатлық затлар берилип жәрдем көрсетилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети

 

Text to speech