Қарақалпақстан Республикаси Ишки ислер министри полковник А.Ж.Темирхановтың «25 октябрь Ишки ислер органлары хызметкерли күни» мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы
Мәмлекетимиз өз ғәрезсизлигине ерискен жылдан баслап халқымыздың тынышлығы сақлаў ҳәм абадан турмысында нызам үстинлигин тәмийинлеўге айрықша айрықша итибар қаратылып келинбекте.
Әсиресе, соңғы үш жылда Президентимиздиң басшылығында жүз берип атырған сиясий, социаллық және эконимикалық өзгерислер барлық тараўлар сыяқлы ишки ислер органлары хызметкерлериниң жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин тәмийинлеў, жынаятшылыққа қарсы гүресиўге қаратылған жумысларын ҳәр тәреплеме күшейттириўди талап етпекте. Бунда ишки ислер органлары хызметкерлери алдына жынаятшылықтың ерте алдын алыў тийкарғы ўазыйпа етип белгиленди.
2006-жылдың 6-декабрьдеги Өзбекстан Республикасының «Өзбекстан Республикасы ишки ислер органлары хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызамына муўапық, ҳәр жылы 25-октябрь Ишки ислер органлары хызметкерлери күни сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.
Президентимиздиң сәне мүнәсибети менен ишки ислер органлары хызметкерлери ҳәм нуранийларына жоллаған байрам қутлықлаўы бизиң хызметкерлерди айрықша рухландырды десек асыра айтқан болмаймыз. Елимиздиң басшысы өз қутлықлаўында – Егер мәмлекет сүйенетин тийкарғы таянышы нызам болса, оны әмелде көрсететуғын ең нәтийжели тараў бул ишки ислер органлары десек, ҳақыйқатты айтқан боламыз, деген пикирлери бизин тараў хызметкерлериниң машақатлы жумысларына берилген ҳақықый баҳа десек болады.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жеке қурамы елимизде жәмийетлик тәртипти, жынаятшылыққа қарсы гүресиўде өз ўазыйпаларын инабатлы атқарып, кәсиплик байрамды мүнәсип күтип алмақта. Хызметкерлеримиз елимизде карантин илажлары жарияланғанлы берли коронавурус инфекциясының халқымыз арасында тарқалаўының алдын алыўда күни-түни пидайы хызмет атқарып келмекте.
Министрлик жеке қурамының бул мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен өз ўақытында мүнәсип баҳланып келинбекте. Байрам мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Ишки ислер органлары хызметкерлери күни мүнәсибети менен бир топар хызметкерлери хошаметлеў ҳаққындағы пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинен үш хызметкер мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды.
Атап айтқанда, Кегейли районы Ишки ислер бөлими аға оператив ўәкили Маткурбанов Гулмурат Зарипбаевич, Қарақалпақстан Республикасы бойынша жарылыў үскенелерин зыянсызландырыў арнаўлы отряды командири Тошбеков Миркомил Абдусалимовичлар «Содиқ хизматлари учун» медалы менен, Қоңырат районы Ишки ислер бөлими жанындағы тергеў бөлими баслығы Даўлетбаев Аманбай Асенбаевич «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.
Мен ишки ислер министрлиги органларының барлық жеке қурамын ҳәм ҳүрметли ветеранларымызды, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң Қарақалпақ академиялық лицейи, «Темурбеклер мектеби» жәмәәтлерин,бәрше халқымызды 25-октябрь Өзбекстан Республикасы ишки ислер органлары хызметкерлери күни байрамы менен шын жүректен қутлықлайман. Шаңарақларына аманлық, беккем ден саўлық, хызметлеринде табыслар тилеймен.
А. ТЕМИРХАНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник.