ХАБАРЛАНДЫРЫЎ Талабанлар ДЫҚҚАТЫНА
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Руўхый-ағартыўшылық ислер ҳәм кадрлар менен тәмийинлеў хызмети тәрепинен 2023-жылдың 15-май күнинен 20-май кунлери аралығында ишки ислер органларына талабан сыпатында дизимге алынған жоқары мағлыўматқа ийе болған (жоқары оқыў орнын тамамлаған) талабанларды офицерлер қурамындағы лаўазымларға қабыллаў ушын усы жылдың 19-июль күни саат 06.30 да Нөкис қаласы Туран стадионында дәслепки басқыштың дене тәрбиясы таярлығы дәрежесин баҳалаў бойынша сынақлар болып өтетуғын хабарлайды:
Танлаўға қатнасыўшы талабанлар өзлери менен тийисли хүжжетлери (паспорт яки идентификация ID-карта, диплом ҳәм әскерий гүўалық түп нусқалары, жасаў жери бойынша аймақлық поликлиникалардан белгиленген үлгидеги ден саўлығының жағдайы ҳаққындағы (Ф-086) мағлыўматнама) менен келиўи керек;
Қосымша: Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер органларындағы қатардағы лаўазымларға өткерилетуғын таңлаўлар бойынша рәсмий телеграмм каналы t/me/qriim ҳәм Веб сайт www.qriiv.uz арқалы хабар берилип барылады.
☎️ Мағлыўмат ушын телефон номери: (61) 229-93-36;