Көшпели судта Пробация есабындағы бир пуқара мүддетинен бурын шәртли рәўиште азат етилди
Усы жылдың 17-декабрь күни Нөкис районы «Төктаў» мәкан пуқаралар жыйыны имаратының мәжилислер залында жынаят ислери бойынша Нөкис районы суды, Прокуратура, Ишки ислер бөлими, Пробация, МПЖ ақсақалы, мәҳәлле белсенди пуқаралары ҳәмде Пробация хызмети қадағалаўындағы шахслар қатнасында көшпели суд болып өтти. Көшпели судта жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының баслығы А.Сейтанов мәжилисти кирис сөзи менен ашып берди ҳәм суд тараўындағы жаңалықлар яғный «Бир суд бир инстанция» системасы енгизилип атырғанлығын, Олий суд баслығы, Бас прокурор ҳәм олардың орынбасарларының суд қарарлары үстинен бақлаў тәртибинде протест киритиў ҳуқықы бийкар етилетуғынлығы, район (қалалық) судларының шешимлериниң нызамлы, тийкарлы ҳәм әдиллигин Қарақалпақстан Республикасы суды тәрепинен апелляциялық тәртибинде, Қарақалпақстан Республикасы судының биринши инстанция суды сыпатында шығарған шешимлерин, Олий судтың судлаў коллегиялары тәрепинен апелляция тәртибинде тексерип шығылыўы нәзерде тутылып атырғанлығын, сондай-ақ, апелляция тәртибинде көрилген суд шешимлерин Олий судтың судлаў коллегиясы тәрепинен кассация тәртибинде, Олий судтың судлаў коллегиясы тәрепинен кассация тәртибинде көрилген ислер бойынша шығарылған ислер шешимлерин Олий суд баслығы, Бас прокурор ҳәм олардың орынбасарларының протесине көре кассация тәртибинде қайта көрип шығыў белгиленип атырғанлығы ҳаққында түсиник берип өтти. Көшпели суд барысында районлық Ишки ислер бөлими баслығы С.Казбеков шығып сөйлеп район аймағында жанаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлар болдырмаў, кирип киятырған жаңа жыл байрамын үй шәраятында шаңарақ ағзалары менен бирге көтериңки руўхта өткизиў, сондай-ақ, Пробация хызмети қадағалаўында турған шахслар менен қайта жынаяттың алдын алыўға қаратылған профилактикалық сәўбет өткерди. Көшпели суд соңында Пробация есабында мийнетке дүзетиў ислери жазасын өтеп атырған У.С жазаны өтеў дәўиринде өзин жақсы тәрептен көрсеткенлигин, жумыс ҳәм жасаў орнынан жақсы пикирнама берилип мүддетинен бурын азат етиў ҳаққында илтимаснама келгенлигин есапқа алып, мийнетке дүзетиў ислери жазасынан Өзбекстан Республикасы Жынаят Кодексиниң 73-статьясына тийкар, өтелмеген 1 жыл 8 ай 4 күн мүддетинен бурын шәртли рәўиште азат етилди.
Нөкис районы Ишки ислер органлары Пробация топары
аға инспекторы аға лейтенант Д.Хожаамуратов