24 Декабр 2021 jıl 1948

Метрополитенде қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы қатардағы хызметкери лаўазымларына таңлаў дағазалайды

Өзбекстан Республикаси Транспортта қәўипсизликти тәмийинлеў бас басқармасы,  Метрополитенде қәўипсизликти тәмийинлеў басқармасы қатардағы хызметкери лаўазымларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 жыл          29 ноябрдеги ПҚ-3413-санлы қарары менен тастыйықланған “Ички ислер органларында хызметти өтеў тәртиби ҳаққында”ғы Режеси талаблари тийкарында ишки ислер органларына қабыллаў ушын таңлаў дағазалайды.

Танлаўда қатнасатуғын талабанлардың саны шекленбейди.

Таңлаўда қатнаспақшы болған пуқаралар (ерлер) усы жылдың 27-декабрь күнинен 30-декабрь күнине шекем саат 09.00 ден 18.00 ге шекем Өзбекстан Республикасы ИИМ ЖАР спорт-саламатластырыў комплексине қосымшада көрсетилген үлгидеги (төменде қосымша көрсетилген) арза арқалы  төмендеги ҳүжжетлердиң түп нусқасын көрсеткен ҳалда мүрәжет етиўлери мүмкин:

  1. Пуқаралық паспорти;
  2. Әскериу гүўалық;
  3. Жоқары оқыў орынларын жуўмақлағанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет (диплом) ямаса сыртқы тәлим бойынша оқып атырғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнама;
  4. Турақлы жасаў орны бойынша есапқа алынған орнынан белгиленген үлгидеги ден-саўлығының жағдайы бойынша мағлыўматнама (бой параметри көрсетилген болыўы керек).

Талабанларға қойылатуғын талаплар:

- Өзбекстан Республикасы пуқарасы болыўы;

- Ишки ислер органларының академиялық лицейлери, әскерий-академиялық лицейлери питкериўшилери, профилактика инспекторларының жәрдемшилери, сондай ақ жоқары мағлыўматқа ийе ямаса сыртқы тәлим бойынша оқып атырған болыўы;

- еркек (ул бала) болыўы;

- жасы 30 жасқа шекем (30 жастағыларда) болыўы;

- бойы 165 см ҳәм оннан жоқары болыўы;

- Қураллы күшлер қатарында мүддетли әскерий хызметти ямаса мобилизациялық шақырыў резевинде әскерий хызметти өтеген болыўы.

Белгиленген күнлерден (27-30 декабрь) алдын ямаса кейин мүрәжет еткен пуқаралар талабанлар дизимге киритилмейди.

Мағлыўмат ушын: телефон номери 71-231-42-94,  71-231-48-66.

Мәнзил: Ташкент қаласы, Шайхантоҳур районы, Беруний көшеси, 3-үй.

Бағдар: "Чорсу" дийхан базары қарсысындағы ("Чорсу" мийманханасы қасында)

Баратуғын автобуслар: "Қўйлиқ" дийхан базарынан 68, "Чилонзор" метро бәндиргисинен 102, "Буюк ипак йўли" метро бәндиргисинен 89 (сондай ақ 27, 42, 43, 46, 52, 53, 56, 68, 73, 81, 89, 100, 102, 103, 126, 146)

Text to speech