14 Январ 2022 jıl 639

Қарақалпақстан Республикаси Ишки ислер министри полковник А.Ж.Темирхановтың 14-январь Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы

Ассалаўма әлейкум,  Әзиз ўатанласлар!

Сизлерди мәмлекетимизде кең түрде белгиленип атырған –  Ўатан қорғаўшылары күни және Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 30 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиздиң тынышлығы, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеӯ жолындағы ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен
Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқары Бас Сәркардасы Ш.М.Мирзиёевтың 14 январь Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўындағы «Мине усы қутлы әййямда жанажан Ўатанымызға садықлық, уллы ислерге умтылыӯ сыяқлы ел-журтымызға тән пазыйлетлердиң қәдир-қымбаты ҳәм әҳмийетин, олардың турмысымызда барған сайын беккем орын ийелеп баратырғанын буннан былай да терең аңлаймыз  ҳәм өзиниң жаӯынгерлик хызмети менен буны әмелде дәлиллеп киятырған сиздей жүдә уллы кәсип ийелерин қәдирлеймиз -деген пикирлери тараў пидайыларына болған айрықша ҳүрмет және итибардың айқын көриниси болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң жеке қурамы елимизде жәмийетлик тәртипти,  жынаятшылыққа қарсы гүресиў ҳамде ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда  өз ўазыйпаларын инабатлы атқарып келмекте. Хызметкерлердиң бул мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен өз ўақытында мүнәсип баҳаланып келинбекте. Байрам мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери шөлкемлестрилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен әскерий хызметкерлер және ҳуқық қорғаў уймлары хызметкерлериниң бир топарын сыйлықлаў ҳаққындағы Пәрманы менен Хожели районы ИИБ хызметкери майор Хожаназаров Аманкелди Орынбаевич «Содиқ хизматлари учун» медалы менен сыйлықланды.
Бүгинги уллы сәне мүнәсибети менен және бир мәрте бәршеңизди өзимниң ҳәмде министрликтиң жеке қурамы атынан “Ўатан қорғаўшылары күни” ҳәмде Қураллы Күшлеримиз дүзилгениниң 30 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлайман, Сизлерге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, елимиз тынышлығын қорғаўдай оғада жуўапкерли ҳәм ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен.

А.Ж.Темирханов
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник

Text to speech