15 Декабр 2020 jıl
540
Мийнет ярмаркасында пробация есабындағы шахсларға жолламалар берилди.
Усы жылдың, 15 декабрь куни, Нөкис қаласы Бәнтликке көмеклесиў орайы, Прокуратурасы ҳәмде Нөкис қаласы ИИО ЖМБ менен биргеликте халықтың бәнтлигин тәмийнлеў мақсетинде, Нөкис қаласы Олимпия резервлер колледжи имаратында мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди. Өткерилген мийнет ярмаркасы Нөкис қаласында жайласқан кархана ҳам мекемелер өзлеринде бар болған бос жумыс орынлары менен қатнасты. Мийнет ямаркасына Нөкис қаласы ИИО пробация топары есабында турып жаза мүддетин өтеп атырған шахсларда қатнасып өзлериниң қәнигеликлери бойынша жумыс орынлары менен танысып 3 шахсқа жумысқа орналасыў ушын жолламалар берилди.
Қарақалпақстан Республикаси ИИМ Мәлимлеме хызмети