8 Январ 2022 jıl 608

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Ж.Темирхановтың Өзбекстан Республикасы Прокуратурасы шөлкемлестирилгенлигиниң 30 жыллығы мүнәсибети менен байрам қутлықлаўы.

1992 жыл 8 январда  Өзбекстан Республикасы  Президентиниң  "Өзбекстан Республикасы Прокуратурасы органлары ҳаққында" ғы  Пәрманы қабыл етилди ҳәмде Өзбекстан ССРның аўқам Республика Прокуратурасынан ғарезсиз Өзбекстан Республикасы Прокуратурасына айландырылды.
Өткен жыллар даўамында,  Президентимиз Ш.М.Мирзиёев басшылығында раўажланыўдың жаңа басқышында,  жәмийетте әдилликти қарар таптырыў, нызамшылықты беккемлеў ҳәмде инсан ҳуқықларын қорғаў бағдарында бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.
Сол қатары, 2016 жыл 19 декабрдеги  “Өзбекстан  Республикасы прокуратура органлары хызметкерлери  күнин белгилеў ҳаққында”ғы Нызамға муўапық,  8 январь – Прокуратура органлары хызметкерлери  күни сыпатында белгиленди.
Бул Президентимиз тәрепинен тараўға болған айрықша итибардың белгиси болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер органлары хызметкерлери сизлер менен биргеликте,  Республикамыз аймағында əдилликти қарар таптырыў, нызамшылықты беккемлеў, инсан ҳуқықларын қорғаў сондай ақ, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың профилактикасын әмелге асырыў бағдарында   бир қатар жумысларды алып бармақта.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер органлары хызметкерлери ҳәмде жеке өзимниң атымнан Өзбекстан Республикасы Прокуратурасының шөлкемлестирилгенлигине  30 жыл толыўы мүнәсибети менен барлық прокуратура органлары хызметкерлерин қызғын қутлықлайман.
Елимизде ҳуқықый турақлылықты ҳәм нызамшылықты, пуқаралардың конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли кепилликлерин қорғаў, сондай ақ, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бағдарындағы пыдакерлик пенен атқарып  атырған жумысларынызда тасқын табыслар тилеймен.


А.Ж.Темирханов
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник

Text to speech