Өзбекстан Республикасы пуқаралығына қабыллаў жәнеде жетилистирилди.
Республикамызда көп жыллардан берли пуқаралығы жоқ шахс дәрежеси ҳәмде пуқаралығы жоқ шахс гуўалығы менен жасап киятырған шахслар аз емес. Соңғы ўақытлары, пуқарасызлықты кемейтиў ҳәм бундай жағдайдың келип шығыўына жол қоймаў мәжбүрияты халық аралық ҳуқықтың улыўмалық принциплеринен бири есапланады. Республикамызда турақлы жасап атырған айрым шахсларда пуқаралықтың жоқлығы, социаллық машқала дереги болыўы мүмкин. Өзбекстан Республикасы нызамшылығында да пуқарасызлықты кемейтиў тийкарғы принциплерден бири болып есапланады. Өзбекстан Республикасы Президенти 2020-жыл 29-декабрдеги Олий Мәжлиске жоллаған мүрәжатнамасында пуқаралық мәселелерине тийисли нызамшылықты жетилистириў арқалы инсан ҳуқықларын тәмийинлеўди турмыстың өзи талап етпекте деп атап өткен еди.
Усы жылдыӊ 14-июн күни 696-санлы Нызам қабыл етилип, усы Нызам менен «Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына қосымша ҳәм өзгерислер киритилди.Киритилген өзгерис ҳәм қосымшалар пуқараларымыздың әсиресе, мәмлекетимизде турақлы жасаўшы пуқаралығы болмаған шахслардың ҳуқық ҳәм мәплерин толық қорғаўға қаратылып, мәмлекетимизде турақлы жасаўшы пуқаралығы болмаған шахслардың Өзбекстан Республикасының пуқаралығын тән алыў институты жаратылды.
Ең әҳмийетли тәреплеринен бири, Нызамның 6-статьясының 1-бөлими яғный, мәмлекетимиз аймағына 2005-жыл 1-январға шекем турақлы жасаў орны бойынша есапқа алынған ҳәмде дәслеп шет ел пуқаралығын қабыл етпеген шахс өз қәлеўин билдирген жағдайда, Өзбекстан Республикасы пуқаралығына тән алынады деп көрсетилген. Сондай-ақ, пуқара өзин Өзбекстан Республикасы пуқарасы деп тән алыў бойынша арза менен мүрәжат еткен күнге шекем Өзбекстан Республикасында кеминде он бес жыл даўамында турақлы жасап киятырған ҳәмде усы дәўир ишинде шет ел пуқаралығын қабыл етпеген шахс Өзбекстан Республикасы пуқаралығына тән алынатуғынлығы көрсетилген. Соның менен бирге Нызамның 19-статьясы бойынша, Өзбекстан Республикасында туўылған ҳәм жасап киятырған пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан пуқаралығын алыў мақсетинде илтимаснама менен мүрәжат еткенге шекем бес жыл даўамында (пуқаралығы болмаған шахсқа жасаў гуўалығы алған күннен баслап) үзиликсиз жасаў шәрти бийкар етилди. Бул дегени Өзбекстанда туўылып, Өзбекстанда жасап атырған пуқаралығы болмаған шахс жасаў гуўалығын қашан алғанлығына қарамастан Өзбекстан пуқаралығын қабыл етиў бойынша илтимаснама менен мүрәжат ете алыўы белгиленген. Буннан тысқары, туўылған жери ҳәм ата-анасының пуқаралығы бойынша балаларды Өзбекстан Республикасы пуқаралығына қабыл етиў тәртиби белгиленип, пуқаралық тараўында бала ҳуқықлары беккемленди. Бул бойынша мысал етип айтатуғын болсақ, Нызамның 6-статьясы 3-бөлими бойынша ата-анасынан бири (жалғыз әкеси яки анасы) Өзбекстан Республикасы пуқарасы деп тән алынған, шет ел пуқаралығын қабыл етпеген ҳәм Өзбекстан Республикасында жасап киятырған бала өз қалеўин билдирген жағдайда, Өзбекстан Республикасы пуқарасы деп тән алынады деп көрсетиген.
Жоқарыда көрсетилген Нызамда белгиленген өзгерис ҳәм қосымшалар бойынша Қарақалпақстан Республикасында 250 ден аслам пуқаралығы болмаған шахстың 2005-жыл 1-январға шекем турақлы жасаў орны бойынша есапқа алынғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжетлери болып, ҳәзирги ўақытта бул шахсларға идентификация ID-картасын бериў иләжлары көрилмекте.
Өзбекстан Республикасының пуқаралығына қабыл қылыў тараўында бир қанша өзгерис ҳәм қосымшалар киритилгенлиги бул тараўдағы әмелий жумыслардың избе-из даўам еттирилип атырғаны өз нәтийжесин бермекте. Сол себебли усы Нызамға тийкар республикамызға 2005-жыл 1-январға шекем турақлы жасаў орны бойынша есапқа алынған ҳәмде дәслеп шет ел пуқаралығын қабыл етпеген, сондай ақ, он бес жыл даўамында турақлы жасап киятырған пуқаралығы болмаған шахсларды өз жасаў орынлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў бөлимлерине мүрәжәәт етиўлерин сорап қаламыз
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў
басқармасы баслығы Б.К.Уббиниязов