30 Май 2020 jıl 1762

1 – июнь Халық аралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен болаларға саўғалар тапсырылды

«1 – июнь Халық аралық балаларды қорғаў күни» дүнья балалары ушын ең қуўанышлы байрамлардан бири есапланады. Халқымыз әзелден перзент сүйер халык болып табылады.
Сәне мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары полковник И.Ахмедов ишки ислер органларында хызмет ўақтында қайтыс болған хызметкердиң шаңарақларынан хабар алып, олардың перзентлерин байрам менен қутлықлап ҳәр түрдеги спорт әнжамлары ҳәм ойыншықларды тапсырды.

 

Балалар өзлерине көрсетилип атырган итибардан қуўанышқа толып өз миннетдаршылықларын билдирди.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.

Text to speech