15 Июн 2020 jıl 1502

Қарақалпақстан Республикаси ИИМде мәсләҳат кеңеси өз жумысын баслады.

Өзбекстан Республикасы ИИМниң 2020 жыл 16-май күнги 167-санлы буйрығына муўапық, Қарақалпақстан Республикаси ИИМде «Ишки ислер органларында ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имкәниятларды тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәт кеңеси» дүзилди.
Бул мәсләҳәт кеңеси тәрепинен елимиз тынышлығын сақлаўда, пуқараларымыздың ҳуқықларын қорғаўда хызмет алып барып атырған ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық шараятларын, хызмет ўақытында жүзеге келетуғын машқалаларды, ИИО ларында ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәмде имкәниятлар жаратылғанлығын үйрениў мақсетинде, Хожели, Қоңырат, Қанлыкөл ва Шоманай районлары ишки ислер бөлимлеринде болып аймақта хызмет етип атырған ҳаял-қыз хызметкерлер ҳәмде еркин жалланба жумысшылар менен жеке тәртипте сәўбетлесилди ҳәмде материаллық жәрдемге мүтәж ҳаял-қызларға Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер хызметкерлери бирлескен кәсиплик аўқам комитети тәрепинен материаллық жәрдем берилетуғын болды.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.

Text to speech