11 Июл 2020 jıl 1545

Теориялық билимлер беккемленбекте

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017 жыл 16 августь күнги «Ишки ислер органлары хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў системасын түптен жетилистириў шара-илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3216-санлы Қарары ҳәмде Ишки ислер министрлигиниң 2019 жыл  30 сентябрь күнги «Ишки ислер министрлиги Академиясы курсант ҳәм тыңлаўшыларының ишки ислер органларында әмелиятларын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы 312-санлы буйрығының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде Өзбекстан Республикасы ИИМ Академиясы күндизги тәлим 2-оқыў курсында билим алып атырған 35 курсантлар Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер органларында 24 күн даўамында әмелиятын өтеп алған теориялық билимлерин беккемледи.
Усы жылдың 11 июль күни Нөкис қалалық Ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасында амелиятын жуўмақлаған курсантларды хошаметлеў ҳәмде Өзбекстан Республикасы ИИМ академиясының 1-оқыў курсында билим алып атырған курсантларды устазларға бириктириў бойынша өткерилген илажға, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары полковник И.Ахмедов, ИИМ Академиясынан келген жуўапкер майор Б. Артиков, хызмет тараўларынан бириктирилген устазлар, амелиятты өтеўге келген курсантлар ҳәмде олардың ата-аналары қатнасты. Илаж даўамында әмелиятты өтеў дәўиринде өзлерин жақсы тәреплеме көрсетип басқаларға өрнек болған бир топар 2-оқыў курсында билим алып атырған курсантларга Нөкис қалалық Ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасының алғыснамалары тапсырылды.
Сондай ақ, Өзбекстан Республикасы ИИМ Академиясы 1-оқыў курсында билим алып атырған кўрсантлар Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң буйрығы менен Нөкис қалалық Ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасының тәжирийбели хызметкерлерине шәкирт сыпатында бириктирилди.
Әмелиятты өтеў дәўиринде курсантлардың ийелеген теориялық билимлерин беккемлеў, орнатылған күн тәртиби ҳәм хызмет интизамына әмел етиў ҳәмде әмелиятты туўры шөлкемлестириў бойынша түсиниклер берилди.

Илаж жуўмағында ата-аналар ҳәмде курсантлар тәрепинен берилген сораўларға министрлик басшылары тәрепинен тийисли жуўаплар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.

 

 

 

 

Text to speech