Бүгин Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы шөлкемлестириўинде Нөкис қаласында Республикалық 4 сектор, министрлик ӽәм шөлкемлер жуўапкерлери, Республика судларының судьялары қатнасыўында көшпели қабыллаўлар болып өтти.
Көшпели қабыллаўга Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Темирханов қатнасып, пуқаралардан келген 9 муражатларды үйренип шықты. Мүрәжатлердиң 4 бойынша орнында ҳуқықый түсиник берилди, 4 бойынша арзалары алыпнып орынланыўы қадағалаўға алынды ал 1 мүрәжат орнында унамлы шешимин тапты.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығы ӽәм сектор жуўапкерлери қатнасыўында жаслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.
Ушырасыўда жаслардың пикир усыныслары, қыйнап атырған машқалалары тыңланды. «Темир дәптер» «Жаслар дәптер» лерине дизимге алынған пуқараларға субсидия тийкарында теплицалар ажыратып бериў, жеңиллетилген кредитлер алыў, исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын жер орын ажыратыў мәселелери бойынша мағлыўматлар берилди. Бир қанша жаслардың турақлы бәнтлиги тәмийинленди.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.