ПРОФИЛАКТИКА ИНСПЕКТОРЛАРЫНЫҢ МАМАНЛЫҒЫ АРТТЫРЫЛДЫ
Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2020 жыл 18 февраль күнги “Жәмийетте социаллық руўхый орталықты саламатластырыў, мәҳәлле институтын еледе қоллап-қуўатлаў шаңарақ ҳәмде хаял-қызлар менен ислесиў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў шара-илажлары ҳаққында” ғы ПФ-5938-санлы Пәрманы ҳәмде Ишки ислер министрлигиниң тийисли буйрығы талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер органларының қатардағы лаўазымларында хызмет етип киятырған жоқары мағлыўматқа ийе болған хызметкерлер арасынан хызметте жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған 40 хызметкер аймақлық ишки ислер органларының ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимлериниң профилактика инспекторы лаўазымларына тайынланды.
Усы хызметкерлердиң тараўға байланыслы ҳуқуқый билим ҳәм кәсиплик көнликпелерин арттырыў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри тәрепинен 2020 жылдың 2 май күни тастыйықланган бийлиги тийкарында 30 саатқа мөлшерленген оқыў шынығыўлары шөлкемлестирилди. Оқыў шынығыўларын жоқары дәрежеде ҳәм нәтийжели алып барыў мақсетинде, әмелий тәжирийбеге ийе хызметкерлер бириктирилип, олар тәрепинен “оқыў материаллары”, “мультимедиа презентациялары” ва “тарқатпа материаллары”нан пайдаланған ҳалда оқыў шынығыўлары өткерилди.
Сондай ақ, оларда сап көникпелерин беккемлеў ҳәмде формалы кийим кийиў қағыйларына әмел етиўлерин тәмийинлеў бойынша оқыў шынығыўлары өткерилди.
Оқыў шынығыўлары жуўмағында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасары полковник И.Ахмедов, Өзбекистан Республикасы ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бойынша бөлими баслығы подполковник Ш.Қудияров ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Жаслар жетекшиси лейтенант А.Кенгесбаевлар қатнасында хызметкерлер арасында хызмет интизамы ҳәм нызамшылықты беккемлеў, хызметкерлер тәрепинен пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ушырасыўда, оларға тийисли ўазыйпа ҳәм усыныслар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы Мәлимлеме хызмети