3 Июн 2020 jıl 1507

Пробация есабында турған шахслар менен профилактикалық сәўбетлесиўлер өткерилди.

Қарақалпақстан Республикаси ИИМ Пробация бөлими баслығы подполковник У.Қурбанбаева Қарақалпақстан Республикасының Қоңырат, Шоманай ҳәмде Қанлыкөл районларында болып аймақта пробация есабында турған шахслар менен ушырасып олар менен профилактикалық сәўбетлесиўлер өткерди. Сондай ақ, пробация есабында турған шахслардың бәндлиги тексерилип жумыс искерликлери үйренилди. Бүгинги күнде мәмлекетимизде коронавирус пандемиясы себебли болып турған карантин дәўиринде оларға социаллық жәрдем көрсетиў мақсетинде азық аўқат өнимлери жеткерип берилди.

 Қарақалпақстан Республикаси ИИМ Мәлимлеме хызмети.

Text to speech