11 Август 2021 jıl 1345

Тест сынаўларына қадаған етилген буйымларды алып кириўге ҳәрекет еткен абитуриентлер анықланды

Жоқары оқыў орынларына кириў ушын мәмлекетимизде тест сынаўлары даўам етпекте. Нөкис қаласында бул процесс 2 сменада өткерилмекте.
Пандемия себепли жаслар профилактикалық дезинфекция буйымлары, медициналық нықап ҳәм бас кийимлер менен тәмийнленбекте. Тест сынаўларын тапсырыўда өз билимине исенген жаслар сораўларды шешип шықпақта.
Тилекке қарсы, айрым абитуриентлер тәрепинен ескеритиўлерге қарамастан, тест сынаўларына алып кириўи қадаған етилген буйымларды алып кириўге урыныў жағдайлары ушыраспақта. Бирақ, Ишки ислер органлары ҳәм Миллий гвардия хызметкерлериниң ҳәрекетелери нәтийжесинде бундай жағдайлардың алды алынбақта. Усы жылдың 11-август күни өткерилген тест сынаўларына қол телефонының қулақшынларын  алып кириўге урыныў бойынша 2 жағдай, шпаргалка пайдаланыўға урыныў бойынша 1 жағдайда анықланып, белгиленген талапларды орынламаған абитуриентлер тест сынаўларынан шетлетилди.

 

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети

Text to speech