Жас хызметкерлердиң билим ҳәм тәжирийбелерин арттырыў мақсетинде
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер органларында хызмет етиў нийетин билдирген, профилактика (аға) инспекторларының жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша жәрдемшилери лаўазымларында ислеп атырған жоқары мағлыўматқа ийе болған талабанлар арасыннан 22 талабан таңлаў тийкарында, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң буйрығы тийкарында ишки ислер органларына хызметке қабыл етилди.
Ишки ислер органларына хызметке қабыл етилген жас хызметкерлерге жүклетилген ўазыйпаларды нәтийжели орынлаў, оларда әмелий көникпелерди қәлиплестириў ҳәм хызмет ўазыйпасына жуўапкершилик пенен атқарыў ҳәмде хызмет, жаўынгерлик, ҳәм физикалық таярлығын арттырыў бойынша усы жылдың 2 май сәнесинен 21 май күнине шекем оқыў жыйыны шөлкемлестирилди.
Оқыў жыйынын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша министрликтиң хызмет тараўларынан тәжирийбели хызметкерлер бекитилди. Сондай ақ, жас хызметкерлерде ўатансүйиўшилик, ҳәм таңлаған кәсибине садықлық сезимлерин арттырыў мақсетинде оқыў шынығыўларынан тысқары ўақытлары министрликтиң тарыйхый музейи ҳәм еслеў майданларына саяхатлар шөлкемлестирилди.
Сондай ақ, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасары полковник И.Ахмедов, министр кеңесшиси, отставкадағы полковник О.Турдақов, Өзбекистан Республикасы ИИМ Өз қәўипсизлиги басқармасы Қарақалпақстан Республикасы бойынша бөлими баслығы подполковник Ш.Қудияров ҳәмде министрликтиң нураныйлер кеңеси баслығының орынбасары отставкадағы подполковник Ф.Санкибаев қатнасында жас хызметкерлер арасында хызмет интизамы, нызамшылықты бекккемлеў ҳамде тәрбиялық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша “Үш әўлад” ушырасыўы болып өтти.
Оқыў жыйыны жуўмағында, министрлик басшылары тәрепинен жас хызметкерлерге хызмет гүўалықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети