16 Июн 2020 jıl 1451

Социаллық тармақларда тарқалған жағдай бойынша мағлыўмат

2020 жылдың 14 июнь күни Нөкис қаласы аймағында карантин қағыйдаларына әмел етилиўин үйрениў бойынша Қарақалпақстан телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санитария эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими, Миллий Гвардия ҳәмде Нөкис қалалық ишки ислер органлары жумысларын муўпықластырыў басқармасы 4-санлы ИИБ ҳуқықбузарлықлар профилактикасы топары таяныш пунктлери профилактика инспекторы аға лейтенант Р.Бекимбетовлардан ибарат COVID-19 пандемиясына қарсы гүресиў, пуқаралардың карантин қағыйдаларына әмел етиўи бойынша исши топар дүзилген. Топар ағзалары усы күни саат 11-30лар шамасында Нөкис қаласы Х.Абдамбетов көшеси бойындағы “Гөне қала” МПЖ аймағында тексериў жумысларын алып барып атырған ўақытында сол жерде турған, халыққа такси хызметин көрсетиўши, сары реңли “Матиз” автомашинасы басқарыўшысы, Нөкис қаласында жасаўшы, 1997 жылы туўылған пуқара У.Мның қорғаныў маскасын тақпастан ҳәмде такси басқарыўшылары ушын белгиленген арнаўлы кийиминиң төменги тәрепин киймей, карантин қағыйдаларына әмел етпей жүргени анықланған.
Жағдай бойынша Санитария эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими хызметкерлери сорастырыў өткермекши болғанында, өзиниң шахсы ҳаққындағы мағлыўматларды айпаған. Соң, аға лейтенант Р.Бекимбетов ҳәм Миллий Гвардия хызметкери менен бирге пуқара М.У менен сәўбетлесиў өткериў ҳәмде тийисли ҳәкимшилик баяннама рәсмийлестириў ушын исши топарға бериктирилген миниавтобусқа миниўин сорағанда пуқара М.У қарсылық көрсетип автобусқа минбейтуғынын айтып олар менен жәнжеллескен ҳәмде келип шыққан жәнжел сол жерде болған басқар шахслардың итибарын тартқан.
Бираздан соң пуқара М.У сол орынның өзинде ЖПХ хызметкерлери тәрепинен тоқтатылып Санитария эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими хызметкерлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң 54-статьясы 1-бөлими менен (Карантин қағыйдаларын бузыў) ҳәкимшилик баяннама рәсмийлестирилип “Матиз” автомашинаси ўақытынша жәрийма майданшасына қойылған.
Бул видеокөринистеги жағдай бойынша ишки ислер органы хызметкериниң қарсысына хизмет тексериўи тайынланған.

 

Қарақалпақстан Республикаси ИИМ Мәлимлеме хызмети.

Text to speech