13 Декабр 2020 jıl 1348

Қол урысы бойынша жарыс болып өтти.

Нөкис қалалық 1- санлы балалар ҳәм өспиримлер спорт мектеби залында қол урысы бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси кубогы шөлкемлестирилди. Онда 18 жастан жоқары болған  150 ге жақын спортшылар қатнасты.
Еки күн даўам еткен жарыста 8 салмақ категориясында 14 команда қатнасты. Жарыс жуўмағы бойынша командалық есапта Миллий гвардия 1-орынды, Ишки ислер министрлиги 2-орынды ҳəм 3-орынды Қарақалпақстан қол урысы федерациясы жеңип алыўға еристи. 
Сыйлықлаў мәресимине, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы бойынша Миллий гвардия басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қол урысы федерациясы, Қарақалпақстан Республикасы спорт министрлиги ҳәм бир қатар шөлкемлердиң басшылары қатнасты. 
Жарыс жуўмағында жеңимпазларға кубок, медал, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

 Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети. 

Text to speech