Бериўний районында көшпели қабыллаў өткерилди.
Бүгинги күнде халықтың жасаў шараятын жақсылаў, адамлар менен ашық пикирлесиўлер арқалы оларды қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў мақсетинде өткерилип атырған көшпели қабыллаўлардың нәўбеттегиси Республикамыздың Бериўний районында болып өтти.
Қарақалпақстан Республикасы 4 сектор басшылары тәрепинен өткерилген қабыллаўда халық пенен туўрыдан-туўры сәўбетлесилди ҳәм адамларды қыйнап жүрген мәселелер үйренилип оларға шешим изленди.
Көшпели қабыллаўда, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Темирханов пуқараларды қабыллап олардың машқалаларын үйренип шешими бойынша тийисли басшыларға тапсырмалар берди.
Көшпели қабыллаў шеңберинде, Бериўний районының төрт 16 жасқа толған жасларға дәслепки пуқаралық паспортлары берилди, сондай ақ, аймақтағы кем тамийинленген шаңарақлардың перзентлерине китаплар ҳәм окыў буйымлары тапсырылды.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.