26 Август 2020 jıl 1331

Қанлыкөл районында Қарақалпақстан Республикаси 4 сектор басшыларының көшпели қабыллаўы ҳәмде жаслар менен ушырасыўы болып өтти

Қанлыкөл районы жаслар орайында көшпели қабыллаў болып өтти Көшпели қабыллаўда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Темирханов пуқараларды мүражатларын тыңлап олардың машқалаларын үйренди ҳәм оларды шешиў бойынша тийисли басшыларға тапсырмалар берип қадағалаўға алынды.
Қабыллаў даўамында, Қанлыкөл районында жасаўшы Райхан Юсуповаға Өзбекстан Республикасы пуқалық паспорты тапсырылды. 
- Мен усы аймақта пуқаралығы болмаган шахс сыпатында жасап киятыр едим бүгин маған Өзбекстан Республикасы пуқаралық паспорты берилди, жүдә куўанышлыман мәмлекетимиз басшыларына өз миннетдаршылығымды билдиремен дейди, Р.Юсупова
Буннан соң, район жаслары менен ушырасыў болып өтти. Ушырасыўды өткериўден тийкарғы мақсет район жасларының қызығыўшылығын үйрениў, олардың машқалаларын анықлаў ҳәм оларды шешиў бойынша әмелий жәрдем бериўден ибарат болды. 
Жаслар тәрепинен берилген сораўларға қәнигелер тәрепинен жуўаплер берилди.

 Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.

Text to speech