Шөгип баратырған пуқараны ишки ислер органы хызметкери қутқарып қалды
Усы жылдың 12 июн күни 63 жасты қарсылаған пуқара, туўылған күнди бәнелеп еки қоңсысы менен жасаў орнына жақын жерден ағып өтиўши “Қатты ағар” каналына шомылыў ушын барады. Спиртли ишимлик тәсиринде шомылыўға түскеннен соң бираз ўақыт өткеннен кейин туўылған күн ийеси жойтылып қалғанын сезген жолдаслыры оны шөгии кетти деп ойлайды.
Ўақыя бойынша дәслеп ишки ислер, соң айрықша жағдайлар басқармасы, прократурага хабар берилиб излеў жумыслары баслап жибериледи.
Излеў жумысларына қатнасып атырған аймақ профилактика инспекторы аға лйтенант Рафат Хожаниязов әтирапты көзден өткерип ўақыя орнынан 3 келометрлердей жол жүрген профилактика инспекторы канал бойындағы терек шақаларына асылып суўдан шығыўға ҳәрекет етип атырған пуқараны көрип, оның суўдан шығыўына жәрдем береди. Бул сол туўылған күн ийеси шөгип кетти деп ойлаған пуқара С.Б болып шығады.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.