24 Август 2020 jıl 1508

Шымбай районлық ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен қумар карта ойнағанлар анықланды.

2020-жылы 23-август күни саат 21:00 шамасында Шымбай районлық ишки ислер бөлими хызметкерлери тәрепинен “Тазалаў-антитеррор” оператив илажы даўамында Шымбай районында жасаўшы пуқара С Т өзиниң үйинде 13 пуқара менен карта қумар ойынын ойнап атырғанлығы анықланды. Жағдай бойынша ҳүжжетлер рәсмийлестирилип ўақыя орнынан 18 292 000 сум, 150 АҚШ доллар пуллар ҳәмде 6 пачка ойын карталары айғақлы зат ретинде алынған.
Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша шымбай районлық ишки ислер бөлими тәрепинен сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети

Text to speech