Спиртли ишимлик ишип автотранспорт басқарған пуқара профилактика инспекторының қайтыс болыўына себебши болды.
Бүгингидей сынаўлы күнлерде Ишки ислер органлары хызметкерлери тынышлықты тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлар ҳәмде жынаятшылықтың алдын алыў менен бир қатарда коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде де пидайылық үлгилерин көрсетип келмекте. Бирақ айрым пуқаралардың ҳәзирги ўақытта белгиленген карантин тәртиб қағыйдаларға әмел етпестен спиртли ишимлик ишип автомашина басқарыўы түрли кеўилсиз жағдайларды келтирип шығармақта.
Усы жылдың 29 июль күни саат 01:40лар шамасында Қоңырат районы ИИБ ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшеси таяныш пунктлери профилактика аға инспекторы подполковник Ганибаев Мансур Жангабаевич ҳәмде алдын профилактика инспекторының жәрдемшиси лаўазымында хызмет еткен, ҳәзирги ўақытта жәмийетшилик тийкрында хызмет алып барып атырған пуқара Танатов Жәнибек Асановичтың басқарыўында болған «Nexia-1» маркалы мәмлекетлик белгиси 95 S 992 CА автомашинасында өзине бириктирилген ҳәкимшилик аймақта хызмет алып барып, автомашина менен А-380-Гузор-Бухоро-Нукус-Бейнеу автомагистрал жолының 868-869 км аралығында жолдың шетинде турған ўақытында, Қанлыкөл районында жасаўшы 1988 жылы туўылган пуқара К.Б спиртли ишимлик ишкен мәс ҳалында басқарыўында болған «Nexia-3» маркалы автомашинасын жолдың қарама-қарсы жөнелисте ҳәрекетленип келип, пуқара Ж.Танатовтың «Nexia-1» маркалы автомашинасына келип соқлығысыўы нәтийжесинде жол трнпспорт ҳәдийсеси жүз берген.
Жүз берген жол транспорт ҳәдийсесинде пуқара Ж.Танатовтың автомашинасында болған Қоңырат районы ИИБ ҲПБ ТП профилактика аға инспекторы подполковник М.Ганибаев алған дене жарақатлары ақыбетинде ўақыя орнында қайтыс болған.
Ҳәзирги ўақытта жүз берген жағдай бойынша Қоңырат районы прокуратурасы тәрепинен тексериў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги басшылары ҳәм жеке қурамы Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қоңырат районы ИИБ ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлимшеси таяныш пунктлери профилактика аға инспекторы подполковник Ганибаев Мансур Жангабаевичтың қайтыс болыўына байланыслы марҳумның шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтады.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги