Устазлардан хабар алынып саўгалар тапсырылды
Дерлик ҳәр бир тараўда өзлериниң ҳүрметине ийе, көп жыллық мийнетлери менен өзи хызмет еткен тараўдың алға илгерилеўине, әсиресе елимиздиң ҳәр тәреплеме раўаж табыўында аянбай хызмет еткен жасы үлкен устазлары бар. Сонлықтан ҳәр бир байрам қарсаңында усындай устаз нураныйларымыздан хабар алыў, оларға байрам саўғаларын тапсырыў дәстүрге айланғаны жасы үлкен устазларға болған ҳүрметтиң үлкен белгиси саналады.
Ишки ислер органларында да көп жыллық хызметлери менен ел тынышлығы жолында пидәкерлик пенен хызмет еткен, изинде бир неше шәкиртлерди таярлап шығарған устаз ветеранларымыз бар. Олар менен бүгин ҳәр бир жас хызметкер ҳәмийше мақтаныш етеди. Быйыл республикамызда кең түрде белгиленип атырған l-октябрь Оқытыўшылар ҳәм устазлар күни қарсаңында ишки ислер органларының усындай ҳүрметли устазларынан хабар алынды, ҳүрмет иззет көрсетилип, оларға байрам саўғалары тапсырылды.
Илажда отставкадағы генерал-майор Ж.Шылманов, отставкадағы полковниклер О. Тихонкова, Ө. Ниязкулов, С. Атамуратов, У. Садуллаев, Ж.Узақбаев, А. Бабажанов, Қ.Елмуратов, А. Исмайлов отставкадағы подполковник Н. Таўмуратов Қ.Қурбаниязовлар ҳәм басқада бир қатар ветеранларымыздан хабар алынды ҳәм министрлик шыпакерлик бөлими шыпакерлери тәрепинен олардың саламатлығы көзден өткерилди. Илажға Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А. Темирханов, министр мәсләҳәтшиси, отставкадағы полковник О. Турдақов ҳәм министр орынбасарлары қатнасты.
Қарақалпақстан Республикаси ИИМ Мәлимлеме хызмети.