18 Феврал 2021 jıl 1376

Тахтакөпирде алдын судланған беc пуқара мүддетинен алдын азат етилди

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районы суды тәрепинен 16-февраль күни Тахтакөпир районы ишки ислер органы пробация топарының усынысы көрип шығылды.
Усынысқа тийкар жаза ɵтеп атырған 5 пуқара жазаны өтеў дәўиринде тәртип-интизамларға толық әмел еткенлиги, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғаны, ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын есапқа алып, жазаны өтеўде мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди. Жазаның өтелмеген мүддети даўамында қастан жаңа жынаят ислеген жағдайда, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 60-статьясында назерде тутылған қағыйдаларға муўапык жаза тайынланатуғынлығы хаққында түсиндирип ɵтилди.


Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети

Text to speech