Ишки ислер министрлигинде жаслар менен ушрасыў
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 2019 жылдың 27 декабрь күни Муҳаммет ал-Харезимий атындағы мектебинде жаслар менен болып өткен ушрасыўында «Жаңа Өзбекстанды, албетте, жаслар менен бирге қурамыз. 2020 жыл жасларға бағдарланған мәмлекет сыясатында түп бурылыс жылы болады», деп айтқан пикирлери аймақларда өз дәлийлин таппақта.
Президентимиз басшылығында жәмийетимизде жаслардың роли ҳәм абыройын арттырыў, оларға қолайлы шараятларды жаратыў, жаслар шөлкемлери арқалы олардың машқалалары арасына кириў ҳәм оларды шешиў бойынша бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.
Усы жылдың 12 декабрь күни, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде министр, полковник А.Темирханов, оның орынбасары полковник И.Ахмедов ва басқада мекеме ҳәм шөлкемлерден жуўапкер басшыларының, министрлик орайлық аппараты, Өзбекстан Республикаси ИИМ қаарақалпақ академиялық лицейи, қала ҳәм район ишки ислер бөлимлеринде хызмет қылып атырған ишки ислер органларының ҳәм Нөкис қаласында жайласқан жоқары оқыў орынларында оқып атырған бир топар студент жаслар менен онлаин ушырасыў болып өтти.
Ашық сораў-жуўап тәризинде шөлкемлестирилген ушырасыўда, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри А.Темирханов сөзге шығып, бүгинги күнде мәмлекетимизде, жаслар менен ислеў бағдарында әмелге асырылып атырған өзгерислерге кеңнен тоқталып өтти ҳәм бүгинги ушрасыў, ашық ҳәмде ашкара өтиўи, бунда жасларданда белсендилик көрсетиўин сорады.
Ашық сәўбетлесиў руўхында өткен ушрасыўда жаслар өзлерин қызықтырған мәселелери, тәшўишке салып киятырған машқалалар бойынша басшыларға мүражат қылды. Сондай ақ, ушрасыў даўамында өзлериниң бир нешше усыныслары менен қатнасқан жаслар менен келешекте тез-тез ушырасып турыўға келисип алынды.
Ушырасыў соңында, жаслардың министрликтиң ишки ислер органлары тарийхы музейине тамашалаўы жасларда айрықша тәсирлер қалдырды.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.