31 Июл 2021 jıl 2023

102 автоматластырылған дизимге алыў орайы ашылды.

31 июль күни Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде 102 дизимге алыў орайының ашылыў салтанаты болып өтти.
Иләжда, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси баслығының орынбасары А.Давлетов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова, Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң орынбасары, генерал-майор А.Икрамов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры Ф.Алламбергенов, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы полковник М.Юсупов, Қаоақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Темирханов, тараўдың  хызмет басшылары ҳәмде хызметкерлер қатнасты.
Иләжда, сөзге шыққанлар мамлекетимизде тынышлық сақшылары, ҳәр қандай жынаят ҳәм нызамбузыўшылыққа қарсы гүресиў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғанлығын атап өтти.
Атап айтқанда, ишки ислер органларының хызметин жетилистириў, тараўға заманагөй техника ҳәм технологияларды енгизиў арқалы халықшыл ҳәм ашық, мобиль ҳәмде ықшам систиманы қәлиплестириў, тараў хызметкерлериниң  жәмийетимиздеги абыройын көтериўге айрықша итибар каратылмақта.Тараўда орайласқан 102 автоматластырылған мәлимлеме хызметиниң жолға койылыўыда усы реформалардың  даўамы болып, орай халықтың қәўипсизлигин тәмийнлеў, жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиў бағдарында алып барылып атырған жумысларды жаңа,  жоқары басқышқа көтериўге хызмет қылады.
102 автоматластылған дизимге алыў орайласқан хызмети пуқаралардың  мүражатларын, ўақыя ҳәдийселер ҳаққындағы қоңыраўларды қабыллайды ҳәмде оған тезлик пенен мүнәсибет билдиреди. Бунда жумыс искерлиги ушын ең сонғы инновацион техника ҳәм технологиялар енгизилип, байланыс қураллары ҳәмде аймақларды бақлаў ушын арнаўлы гүзетиў камераларыда усы орайда қадағалаўға алынады. Нәўбетши операторлар тәрепинен, халық мүрәжатларын күни-түни қабыллап, оларға ылайықлы түрде жуўап қайтарылады.
Иләжда бул хызметтиң искерлиги менен жақыннан таныстырылып оның қолайлайлықлары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.

Text to speech