4 Август 2020 jıl 1606

Өзбекстан Республикасы ИИМ Нураныйлер Кеңеси гүўалықлары тапсырылды.

Бүгинги күни напақада болсада, жасларға өзлериниң өмир тәжирийбелеринен сабақ берип, билмегенлерин үйретип атырған нураныйлердиң барлығы албетте қуўанарлы жағдай. Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер органларында узақ жыллар хызмет етип ҳәзирги ўақытта напақада болған бир топар нураныйлерге Өзбекстан Республикасы ИИМ Нураныйлер кеңесиниң гүўалықларын тапсырыў илажы болып өтти.
Илажда, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Темирханов сөзге шығып нураныйлердиң хызмет ўақытында исленген мийнети ҳәмме ўақыттада қәдирлениўин сондай ақ, бүгинги күнде ишки ислер органлары мәмлекетимиз тәрепинен қаратылып атырған итибар ҳаққында айтып өтти.
Соң, нураныйлерге Өзбекстан Республикасы ИИМ Нураныйлер кеңесиниң гүўалықлары тапсырылды. Сондай ақ, илаж даўамында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң бир топар хызметкерлерине Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикалары ишки ислер министрликлериниң буйрықлары менен нәўбеттеги офицерлик шенлери тапсырылды.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети

Text to speech