Социаллық тармақларда тарқалган Беруний районында жүз берген бийзарылық жынаяты бойынша мағлыўмат
Бул жағдай бойынша 2020-жылдың 30-декабрь күни Беруний районы ИИБ жанындағы тергеў бөлимшеси тәрепинен, Өзбекстан Республикаси жынаят кодексиниң 109-статъясы 2-бөлими менен жынаят иси қозғатылып дәслепки тергеў ҳәрекетлерине кирисилген.
Алып барылып атырған дәслепки тергеў ҳәрекетлери даўамында жынаят иси 2021-жылдың 19-январь күни, Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 109-статъясы 2-бөлиминен, Өзбекстан Республикасы жынаят кодексиниң 277-статъясы 3-бөлими “а” бәнтине қайта квалификация қылынып ҳәзирги ўақытта жынаят иси бойынша процесс қатнасыўшылары менен байланыслы барлық тергеў ҳәмде процессуал ҳәрекетлер әмелге асырылмақта.
Жәнжелде қатнасқан ҳар бир шахстың ҳәрекетлерине нызамлы тәртипте баҳа бериледи.
Жынаят иси Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ИИМ жанындағы Тергеў басқармасы тәрепинен қадағалаўға алынған.
Жынаят исиниң нәтийжеси бойынша қосымша мағлыўмат бериледи.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.