24 Март 2021 jıl
1662
Социаллық тармақларда тарқалған Хожели районында жүз берген жәнжел бойынша мағлыўмат
Усы жылдың 19 март күни 20:00лер шамасында Хожели районы «Кружка» кафеси жанында усы Хожели районда жасаўшы пуқара Р.М. қасында еки шериги менен ҳәмде П.А. Н.А лар арасында өзара келиспеўшилик нәтийжесинде жәнжел келип шыққан. Жәнжел нәтийжесинде, Хожели районында жасаўшы пуқара П.А. дене жарақатын алып Хожели районы медицина бирлеспесинен медициналық көриктен өткен.
Ҳәзирги ўақытта бул жағдай бойынша, Хожели районы ИИБ тәрепинен, тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта. Тексериў нәтийжелери бойынша жәнжелде қатнасқан ҳәр бир шахстың ҳәрекетлерине нызамлы баҳа бериледи..
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети