Социаллық тармақларда тарқалған Нөкис районында жүз берген жәнжел бойынша мағлыўмат.
2020-жылы 28-май күни саат 09:40 лар шамасанда Төркүл районында жасаўшы экскаватор басқарыўышы пуқара А Б ҳәмде бирге жүрген пуқаралар П М, Б Қ, С Блар Нөкис районы Бақаншақлы АПЖ аймағынан ағып өтиўши «Даўлет» жап бойында салмаларды тазалаў ҳәм боян тамыр қазыў жумысларын алып барып атырғанда, Нөкис районында жасаўшы пуқара Ж Мге тийисли болған тамарқа егислик жер майданларына зиян жеткергенлиги себепли пуқаралар, А Б, П М, Б Қ ҳәм Нөкис районында жасаўшы пуқаралар Ж М, Ж С, А Р орталарыда өз-ара келиспеўшилик нәтийжесинде жәнжел келип шыққан ҳәм бир-бириниң ар-намысына тийетуғын сөзлерди айтып, бир-бирин урып дене жарақатын жеткерген.
Нәтийжеде Төрткүл районында жасаўшы пуқара А.Б ҳәмде Нөкис районында жасаўшы, пуқара Б Қлар дене жарақаты алып емлеўханаға тускен.
Бул жағдай бойынша ҳәзирги ўақытта Нөкис район ИИБ тәрепинен тийисти тәртипте тергеў алды сорастырыў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети