25 Июл 2020 jıl 1584

Профилактика аға инспекторы «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.

Бүгингидей сынаўлы күнлерде пидайы хызмет кылып атырған ҳәр бир тараў ўәкиллери бүгинниң қаҳарманлары десек асыра айтқан болмаймыз. Олар күни-түни халқымыздың саламатлығы ҳәм тынышлығы жолында хызмет қылып келмекте. Солар қатарында ишки ислер уйымлары хызметкери аймақларда тынышлықты тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылықтың алдын алыў менен бирге коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде де пидайылық үлгилерин көрсетип келмекте. 
Президентимиз тәрепинен коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде пыдайылық көрсеткен ўатанласларымыздың бир топарын сыйлықлаў ҳаққындағы пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Нөкис қалалық ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы 4-санлы ишки ислер бөлими профилактика аға инспекторы Азат Боранбаев «Шуҳрат» медалы менен сыйлыкланды. 
Усы мүнәсибет пенен, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри полковник А.Темирханов ҳәм министрликтиң басшылары профилактика аға инспекторы майор Азат Боранбаевтың шаңарағында болып оның ата-анасын перзентиниң мамлекетлик сыйлығы менен сыйлықланғлығы менен қутлықлап оларға өз миннетдаршылығын билдирди. 
«Шуҳрат» медалы менен сыйлыкланған хызметкердиң алдағы жумысларында табыслар тиледи.

 

Text to speech