Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен байрам иләжы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Қарақалпақ академиялық лицейинде қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 31 жыллығына бағышланған әдебий саз-сәўбетли кешеси өткерилди.
Өткерилген саз-сәўбетли илажда, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң мәсләҳәтшиси, отставкадағы полковник О. Турдақов, министрликтиқ Кадрлар басқармасы баслығының орынбасары, подполковник П. Берданов, Әжинияз атындағы НМПИдиң оқытыўшысы Қ. Мәмбетов, ишки ислер министрлигиниң тараўлық газетасы бас редакторы, отставкадағы подполковник Ж. Өтениязовлар қатнасты ҳәм шығып сөйледи. Олар өз сөзлеринде, Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 31 жыл толыў мүнәсибети менен қутлықлай отырып, Ана тилимизде бүгинги күнге шекем уллы шайыр, жазыўшы бабаларымыз тәрепинен қаншадан-қанша көлемли шығармалар, дәстан, қосықлар, әсиресе бир неше томлық Қарақалпақ фольклорының жыйналғанын мақтаныш пенен айтып өтти.
Өз гезегинде Өзбекстан Республикасы ИИМ Қарақалпақ академиялық лицей директоры, подполковник У. Қадиров келген мийманларға өз миннетдаршылығын билдирип өтти. Илажда тил байрамы мүнәсибети менен бир қатар лицейдиң белсенди оқыўшылары ҳәм оқытыўшыларына «ҳүрмет жарлық»лары тапсырылды.
Байрам илажы лицей оқыўшыларының таярлаған байрам концерти менен даўам етти. Олар Күнхожа, Бердақ, Әжинияз ҳәм Ибрайым Юсуповлар көринисинде олар дөреткен қосықларын тәсирли оқыў, келген мийманларда үлкен тәсирлер қалдыра алды.
Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.