1 Июн 2020 jıl 5503

Дағаза

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019 жыл 28-июнь күнги              ПҚ-4375-санлы “Жас өспиримлерди әскерий ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў ҳәмде Өзбекстан Республикасы Қураллы күшлери ҳәм мәмлекетлик хызмети ушын кадрлар резервин таярлаў системасын қәлиплестириўге байланыслы қосымша шара-илажлар ҳаққында”ғы Қарарына муўапық Өзбекстан Республикасы ИИМ Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейи шөлкемлестрилди.

         Усы Қарарға тийкар Өзбекстан Республикасы ИИМ Нөкис «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейи төмендеги педагог қәнийгеликлер бойынша таңлаў тийкарында жумысқа қабыллайтуғынлығын жәриялайды:

  1. Өзбек тили ҳәм әдебияты
  2. Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты
  3. Рус тили ҳәм әдебияты
  4. Шет тили (Инглиз тили)
  5. Тарийх
  6. Математика
  7. Физика
  8. Информатика ҳәм хабар технологиялары
  9. Химия
  10. Биология

        Таңлаўда қатнасыўшы педагог талабанлар тийкарынан жоқары билим дәрежеси, интелектуал жетискенлиги ҳәм профессионал тәжирийбеге ийе ҳәмде кеминде 5 жыл үзликсиз педагогикалық жумыс стажына ийе болыўы керек.

         Таңлаўда қатнасыў ушын талабанлар тәрепинен төмендеги ҳүжжетлер усынылады.

  1. Таңлаўда қатнасыў ушын «Темурбеклер мектеби» әскерий академиялық лицейи директоры атына арза;
  2. Паспорт нусқасы (ҳүжжетлерди тапсырыў ўақтында паспорттың өзи көрсетиледи);
  3. Жоқары мағлыўмат ҳаққындағы диплом ямаса ўәкилликли мәмлекетлик органының шет ел билимлендириў мекемесинде алынған жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжетке муўапықлық туўрысындағы гүўалық;
  4. Өткерилген аттестация нәтийжелери бойынша берилген сертификат нусқасы;
  5. Мийнет дәптершесиниң нусқасы;
  6. Жумыс искерлиги ҳаққындағы мағлыўматнамасы (Резюме)
  7. 3,5 х 4,5 өлшемдеги 4 дана реңли фотосүўрет.

        Таңлаў қатнасыўшыларынан ҳүжжетлер усы жылдың 1-июнь сәнесинен 21-июнь сәнесине шекем қабыл етиледи.

        Таңлаў қатнасыўшыларының арзалары ҳәм ҳүжжетлерин қабыллаў мәнзили: Нөкис қаласы Төрткүл гүзары 43-жай, ИИМ Қарақалпақ академик лицейи.

   

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети.

 

Text to speech