10 Март 2021 jıl 1521

Социаллық тармақларда тарқалған Нөкис қаласындағы «Лас вегас» ресторанында жүз берген жағдай бойынша мағлыўмат.

Усы жылдың 09 март куни саат 23:30лар шамасында «Лас вегас» ресторанына келген, Нөкис қаласында жасаўшы пуқаралар А.А., А.С., ҳәмде Қ.Г. лар усы ресторан хызметшиси И.Қ арасында өз-ара келиспеўшилик нәтийжесинде жәнжел келип шыққан, ҳәм жәнжел нәтийжесинде ресторан хызметшиси И.Қ дене жарақатын алып емлеўханаға жатқарылған. Жағдай бойынша, Нөкис қалалық ишки ислер органлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы жанындағы тергеў бөлими тәрепинен, Өзбекстан Республикаси Жынаят кодексиниң 277-статьясы 2-бөлими «б» бәнти менен жынаят иси қозғатылып ҳәзирги ўақытта дәслепки тергеў жумыслары алып барылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Мәлимлеме хызмети

Text to speech